ЎАҚЫТ
Қарақалпақша
ат. 1. Философ.
Үзликсиз ҳәрекет етиўдеги материяның өмир сүриўи үшин объектив жағдайы.
2. Мезгил, саат, жыл, мәҳәл.
Сол ўақытта келген жәллад, Салды мойнына аманат (Бердақ).
3. Белгили бир заманда, дәўирде деген мәниде.
Ол ўақытта он алты жасқа жаңа шыққан еди (М.Дәрибаев).
0 Ўақыт жоқ — қол тиймейди, бос емес.
Аўылға бара бериўге ўақыт жоқ (Қ.Айымбетов).
Көп ўақ болыў — бираз, көп, бир талай ўақыт болыў.
Сол гезде көп ўақ болды, оқыўда мен жүриппен, Сағынаман сүйген ярды жасымда (Х.Сейтов).