ЎАҚЫЯ
Қарақалпақша
ат. Қандай да бир әхмийети бар нәрсе, ҳәдийсе, жағдай.
Бул ўақыя Әўезов пенен Дәрменбайды қатты ойландырды (Т.Қайыпбергенов).
0 Ўақыяны ашыў - сырды анықтаў, билиў.
Биз Шүкиржан арқалы ўақыяны аштық (А.Бекимбетов).
Ўақыяны баянлаў — болған барлық нәрсени қалдырмай айтыў.
Ол Ырза менен Төреге ўақыяны баян етти (К.Султанов).