⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЎА

Қарақалпақша

м.с. 1. Және, тағы. Аўа, шырағым, тағы не сорайсыз? -деди ғарры, Қәлек артына қайырылып (Қ.Ирманов). — Аўа, оны қайдан билемиз? (Ж.Аймурзаев). — Аўа, аўа айта гөр қәне? Айтпашақ, оны келипти деп еситип едик ғой (Ө.Хожаниязов). 2. Солай, яқшы, мақул, дурыс. Сонда аўылымыз қаладай бола ма? Аўа, ол сөзсиз (Ә.Тәжимуратов). 3. Өзгериў, солыў, қыйсайыў, аўысыў. Кеўлиң аўа берсе көрген қызға, Қандай адам болса да болар қызба, Еситкен ерсилерге елередлеў, Айтыңызшы уқсамай ма ақылсызға (Әжинияз). Түн ортасы аўа үйине келип, азанда таң қараңғысында излеп жүрмейин деп кийимлерин бас ушына қойды да төсекке бойын таслады (К.Султанов).