АБЫРАЙ
Қарақалпақша
ат. 1. Атақ, даңқ, мәртебе.
Колхозшылар арасында, район алдында искерлик күтә абырай (Қ.Досанов).
2. Адамгершилик, қәдир-қымбат, уят.
Адам болсаң абырай изле, Отырар орныңды гөзле, Тиллеринди тартып сөйле, Алмаң, — деди Айдос баба (Бердақ).
3. Еле де, оңлы, жақсы, қолай, дурыс, сәтли, кеўилдегидей.
Абырай, таяқ жеген баланың денесине дақ түспеген екен (Қ.Айымбетов).
Шертип қалмақ кетти пәрең, Әкең сениң Есет герең, Болыс болсаң адам жер ең, абырай ақсақал болғаның (Бердақ).
0 Абырай барда — қәдирли ўақытта, ертерек, ўақытында, алдын алып, күн бурын, гөжени төгип алмастан бурын.
Қамшы басып атына, Бурылмастан артына, Абырай барда аўылға, Атының басын бурады (Бердақ).
Телефонның трубкасын усы абырайымның барында жыллы орнына апарып қойдым (Ө.Айжанов).
Абырай төгиў — қәдирин кетириў, абырайын қашырыў, бақасын түсириў, абырайсызланыў, қәдирсизлениў.
Ат суўытып жеткенде, абырайды төктиң бе («Қырққыз»).
Аўзын урадай ашқаны, Абырайының қашқаны (Бердақ).
Абырай-атақ — адамгершилик, қәдир-қымбат, уят, даңқ, дәреже, мәртебе.
Ол өзиниң туңгыш перзенти болған қызы Соняны аўылдың үлкен байларының бири — ийшан Қулбайға берип, өзиниң абырай-атағын тағы да жоқары көтереди (С.Айний).