АДАМ
Қарақалпақша
ат. 1. Ойлаў ҳәм сөйлеў қәбилети бар, турмысқа керекли өндирис қуралларын ислей алатуғын ҳәм ол қуралларды жәмийетлик мийнет проңесинде пайдалана алатуғын жан ийеси, киси, инсан.
Бир мәҳәлде сыртқы есик ашылып, бир адам кирип келе берди (Ә.Шамуратов).
2. Улыўма адам баласы, адамзат.
Түркмен феодаллары Бозатаўды адам айтқысыз етип шабады (Б.Исмайлов).
3. Көпшилик, барлық журт-халық.
Гедейлер ҳүкиметин орнатыў ушын қанша адам қурбан болды (К.Султанов).
0 Адам бойы — адам бойы шенли аралық, қашықлық, тереклик, бийиклик, узынлық.
Адам бойы жерлерге, Апарып салдық қазаны (С.Мәжитов).
Адам бенде — адамның туқымы, адам атаўлы.
Үйде адам бенде жоқ.
Адам уғлы — адам баласы, адамның туқымы, адамийзат.
Адам уғлы бәри бирдейин болмас, Бириниң гүли солса, бириники солмас (Бердақ).
0 Адам қуны — а) ески тәртип бойынша өлтирилген адам ушын өлтирген адам тәрепинен өндирилетуғын дүнья-мал.
б) Қымбат, таптырмайтуғын, бақасыз, бақасы табылмайтуғын, бақасы жоқ, ең қәдирли.
Адам қуны ақ дәри берип, Гүлзарды тирилткен екен (Бердақ).