⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЗАМАТ

Қарақалпақша

ат. 1. Кәмалға келген ер адам. Омар шайыр оны өз тәғдири ушын гүресиўши азамат сыпатында тәрийиплейди (З.Насуруллаева). 2. Адамгершилиги бар, сана-сезимли, ҳүрметли адам. Азамат ердиң белгиси, аз ғана сөйлеп көп тыңлар, арғымақ аттың белгиси, аз ғана отлап көп жуўсар (ққ.х.қ.). Туўры тутсаң нийетинди, Халыққа бурсаң бетинди, Сыйласаң ғәрип жетимди, Шын азамат боладурсаң (Бердақ). 3. Адам аты, исим.