⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЙДАЎ

Қарақалпақша

ф. Алдына салыў, қуў, ығызыў, ағылыў, сүриў, меңгериў, басқарыў. Көк өзек сағасын Гүлим байлапты. Түтинген бир адам қоймай айдапты (Омар). Аман қалмай усы халға, Көп адамды салып жолға, Қазыўға айдады бәрҳа, Сүргиншилик болды быйыл (Бердақ). Шайырдың сүриўли қой, үйирли жылқы айдағаны бар ма? (К.Султанов). Қара терең урықтыны жайлаған, Сүриў-сүриў падаларын айдаған (ққ.х.қ.). Ортасынан жап жарып, Суўда айдап көрейик (Б.Қайыпназаров). Ҳаўадағы бөлек-бөлек қараўытып көринген күн батардан ескен ызғырық шамалдың айдаўы менен өрден ыққа ығысады (Ә.Шамуратов). Фашистлердиң айдаўына түскеннен кейин ғана дүньяға көзқарасын да, қәтелескенин де биледи (Г.Есемуратов).