АЙМАЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Әлпешлеў, еркелетиў, жубатыў, алдастырыў, сыйпалаў, қәдирлеў.
Сол уядан түлегенмен, ушқанман, Талай даўыл аймалаған төсимди (И.Юсупов).
Ҳал-жағдай сорап менен, аймалады өз анамдай (И.Юсупов).
...оның атлас көйлегинде балқып турған көкирегин аймалады (Айбек).