АЙНА
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсениң көринисин қайта сәўлелендиретуғын зат, буйым.
Айна керек болса жүзиң көриўге, Суў да керек жасап өмир сүриўге (Әд.
ал.).
2. Жайға жақтыландырыў ҳәм ҳаўасын тазалаў ушын қолланылатуғын қурылыс буйымы.
Айна алдында қоңыр тартса да, халық алдында жүзлериң жарқын (Г.Есемуратов).
Инженердиң айнасынан, Түнлерде сөнбес жақты (И.Юсупов).