АЙЫЛ
Қарақалпақша
ат. Телетиннен иеленген, минис көлигин ертлегенде оның белинен шалатуғын (орайтуғын ямаса белинен байлайтуғын), ердиң аўмаўы үшин оны бекемлеп көликтиң арқасына таңып қойыў үшин арналған қурал-сайманлардың бири.
Атларға ерди салайық, Айылды бекем шалайық («Қырқ қыз»).
Артқы айылдың батқанын иеси билмес, ат билер (ққ.х.н.).
0 Айылын жыймаў — тартынбаў, дәрпенбеў, қорықпаў, сескенбеў, уялмаў, жыйналмаў.
Әкемде үн жоқ, айыбын әбден мойнына алған сыяқты, оның менен апам айылын жыймады (К.Смамутов).