АЙЫРЫЛМАС
Қарақалпақша
кел. Айырылмайтуғын, беккем, өзгермейтуғын, ажыралмас, бөлекленбейтуғын, тығыз.
Шамурат пенен Гриша айырылмас дос еди (Қ.Досанов), Суртайшадан бул қайғымды алыңлар, Айырылмас басына қайғы салынлар («Қырқ қыз»).
Бәдбахыт жигит бий болса, аўызы айырылмас парадан (Қ.Айымбетов).
Айырылмастай достыңа қайырылмастай сөз айтпа (ҚҚ.Х.Н.).