АКТИВ
Қарақалпақша
ат. 1. Исшең, талапшаң, шаққан, қызғын пәт пенен ис жүргизиўши киси, белсенди.
Уазыйпалы исти қараўға, кеште жыйналысты қолхоз активи (Т.Сейтжанов).
Колхозласыў дәўиринде Рейпназар жүде актив жумыс ислеген жигит, өзи муғаллим (С.Хожаниязов).
2. Бас қоспа, басқарыўшы, басшы хызметкер, қызғын, талапшаң, искерлик пенен жақсы жумыс алып барыўшы адамлар.
Бул жыйналысқа аўыл активлери менен бригадирлери ғана шақырылған (К.Султанов).
Күн еңкейип көлеңке үлкейе бергенде, колхоз правлениесиниң кабинетине активлер, колхозшылар жыйнала баслады (Ө.Айжанов).