АЛАКӨЗ
Қарақалпақша
ат. 1. Көзи алалық, үлкен көз.
Ала көзли Ерназардың, сен деп өлген балаң еди (И.Юсупов).
Оның жаўдырап турған ала көзлери жигитлердиң жүрегинен өтти (Ж.Аймурзаев).
Баян етсем байдың түрин, ала көзли қылыш мурын, жарлы көрсе қарар қырын («Мәспатша»).
2. Келиспеўшилик, қырын қараўшылық.
Сол қусаған ала қөзликтиң себебинен жәнжел ғалма-ғал хәр ўақыт шығып турады (Қ.Ирманов).