АЛАСАТ
Қарақалпақша
ат. Ғаўға, шаўқым, жәнжел, аласапыран, ўақыя, өзгерис.
Ат шаптырды далаға, Жар урдырды қалаға, Қалаға жаў келди деп, Аласат урды араға («Мәспатша»).
Ағам усы күни бир аласаттың болатуғынын сезгендей уйқылы-ояў жатыр екен (К.Султанов).