АЛБЫРАЎ
Қарақалпақша
ф. Қысыныў, қәўетерлениў, кеўилсизлениў, гүдиклениў, қолайсыз жағдайға түсиў, жол таппаў.
Албыраған үйрек алды менен де, арты менен де жүзеди (ққ.х.н.).
Өтемурат үйине ярым ақшамда бийсәўбет келген адамның уры я жолаўшы екенин айыра алмай, албырап тум-тусына сығалап қарады (К.Султанов).