АЛДАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Өтирик алдап биреўди исендирип пәнт бериў, өтирикке инандырыў, өтирик айтыў, өтирик сөйлеў.
Аўылда бир молла ийшан, Елди алдаўда көрсең қашан (ққ.поэз.ант.).
Надан туўған Айдос бий, Алдаў тилге инанып, Бир бәле қылып келер деп, Жолын күтип жүр еди (Бердақ).
Алдаўлық пенен — жол таўып, ҳийлекерлик пенен, есабын таўып, қолайға түсирип.
Бир неше түркмен батырларын алдаўлық пенен хан Хийўаға шақырып алып исин жайлапты (Қ.Ирманов).
2. Алларқатыў, пикирин басқа жаққа бурыў.
Сонша ғәптен кейин олардың алдаўына көнбес-аў — деп ойланып отырды (ғазетадан).