⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛДЫАРТЫ

Қарақалпақша

р. 1. Алды менен арты, айналасы, мандайы, жан-жағы. Ояқ-буяқ, дөгереги, жақын-жуўығы өткен ҳәм келешек, ең биринши ҳәм ең ақырғысы. Бурынғы камыс қос пенен алды-артына шыпта жапқан үйлер (К.Султанов). 2. Бас аяғы, бар болғаны, питкени. Бары-жоғы, дос-душпаны. Досларым ким, душпаным ким? Биле алмай, алды-артымды көре алмай, Төге жазлап калдым мен ҳақ қаныңды (И.Юсупов). 3. Жай-жағдай, истиң рәмәўизи. Бул истиң алды-артын ойланбай аға, Мен жетим сорлыға епиң қысымды (Омар). Мениң таяққа жығылғанымның алды-арты усы ма (Н.Бөрекешов). 4. Ең соңы, ақыр аяғы. Алды-артына қараў — изин ойлаў, келер-кетерин ойлаў, соңына бағыў, жай-жағдайын тексериў. Алды-артына қарамаў — иркилмеў, тоқтамаў. Алды-артына қаратпай — ҳеш нәрсеге имканият бермэў, асықтырыў. Алды-артын аңлаў — жан-жағын байқаў, аңғарыў. Алды-артын билмэў — жөн билмейтуғын, парқын сезбейтуғын. Алды-артын ойлаў — истиң жөн-жосағын ойластырды. Алды-артын ораў — алдын ала ҳәрекет жасады, қарсы келиўге пурсат бермеди, кесент етти, бөгет жасаў. Алды-артын таныў — оң-солын аңлаў.