⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АЛМАСЫЎ

Қарақалпақша

ф. Бир-бириниң орнын алыў, ийелеў, жаналаў, айырыла баслаў, өзгертиў, аўмасыў, орнын өтеў. Талшыбыктай таўланысқан жананлар, Бир батпан тарыға кетти алмасып (С.Нурымбетов). «Ҳәстеси сынған шам» электр жарығы менен алмасты (Г.Есемуратов). Алмасыў тәсири физ. Элементлер бөлшеклериниң координаторлары өз ара алмасқанда олардың толқын функцияларының симметриялық қәсийетинен пайда болатуғын тәсир. Алмасыў коэффиңиенти экон. Белгили бир өндирис орнының дәл жумыс тәртибин сыпатлайтуғын көрсеткиш. Алмасыў реакциясы хим. Атомларды алмастырыў арқалы пайда болатуғын химиялық реакция. Зат алмасыў биол. Денеде болып атырған барлық химиялық проңесслердиң жыйынтығы. Нерв системасы организмдеги барлық ўазыйпаларға жуўапкер, соның ишинде, жүрек-қан тамыр, асқазан, сидик ажыратыў системасы, зат алмасыўы проңесслери ушын да жуўапкер (газетадан). Пикир алмасыў — бир-бириниң пикири менен ортакдасыў.