АЛТЫ
Қарақалпақша
с. Санақ сан, саны алтаў, есабы алтаў.
Алты қанат ақ отаўдын оң жағында халықтың ғарғысы атып жыққан айыўдай тенкейип Шыйықназар сулап жатыр (Н.Бөрекешов).
Алты ортақ — шериклик, шығыр, өгиз, жер т.
б.
менен алты адам бирлесип пайдаланыў.
Тили алты қарыс — урысқақ, сөз бермейтуғын, бийҳая.
Алты қарыс — миллет етиў, менменсиниў, талтаңлаў.
Алты ай жаз, алты ай қыс ески.этн.
— Жыл санаўы бойынша сәўир, жаўза, саратан, ҳәсет, сүмбиле, мийзан сыяқлы жыл айлары менен Плеяда (дәўирлес)нын Шығыстан көринип, Батысқа батқанға дейинги ақырап, қаўыс, жедди, дәлиў, ҳүт, ҳамал сыяқлы суўық айлары; жыл бойы.
Алты айлық жол — алыс, узак.
Алты аўыз ала болыў — бириниң сөзине бири көнбей, тыңдамаў, аўызбиршилик болмаў, келиспеў, бирикпеў.
Алты арыс — алты атадан тараған урпақ.
Алты батпан — аўыр.
Алты қанат үй — алты бөлек керегеден ибарат кийиз үй.
Алты қулаш — узын.
Алты қырлы — түрли-түрли.
Алты мүше — еки көз, еки аяқ, еки қол.