АЛЫМСАҚ
Қарақалпақша
1. Тиленши, алғыш, есабын таўып ала беретуғын, алыўды жақсы көретуғын адам, алымпаз.
2. (араб —келисим, ўәде, шәртнама).
А) Әлимсақтан қалған.
Жүдә ерте дәўирлерден бери, әййемги заманнан бери, жүдә ески.
Б) аўысп.
Сыйқасы шыққан, кэўилге тийген.
Әлимсақтан қалған гәп.
3. Парахор.
Әперемен дейсең тилла тағыншақ, Мойныңа жарасар маржан мойыншақ, Сени әлпешлеймен жумысқа жибермей, Мейли өзим болсамдағы алымсақ.
(У.Бижанова).