АЛЫСЫЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Бирге алыў, усласыў, көтерисиў.
2. Беллесиў, гүресиў, тутысыў, айқасыў.
Өйткени бул баслықлардың командасы астында жаў менен алысқанда көп кәрамат ислерди көрсетиў жаўға ўайқан салғанда есине түседи (Қ.Айымбетов).
3. Жаныў, өртениў, тутаныў.
Ушқыннан от дөреп, алысып лаўласа, ол зыян емес пе, зат күйип қалмаса (Х.Турымбетов).
4. Бөлисиў, ҳәрким өзине тийисли пайына ийе болыў.
— Ҳе, алыса алмай атырған дүнья жоқ (К.Султанов).
5. Айтысыў, даўласыў, шертисиў, уәжтесиў.
6. Алмаслаў, алыс-берис қылыў.