АЛҒЫС
Қарақалпақша
ат. Рахмет, тәңир жарылқасын, ырзалық.
Бул сөзлерди жазды қолым, Бүлбүл яңлы сайрап тилим, Бул бәйитти тынлап елим, Қандай алғыс берер екен (Бердақ).
ат. 1. Жақсылық тилеп айтылған, айтылатуғын сөзлер, мақтаў, дуўа, пәтия бериў, ийги тилек.
Ақ дегениң алғыс, қара дегениң ғарғыс (нақыл).
Бул сөзлерди жазды қолым, Бүлбил яңлы сайрап тилим, Бул бәйитти тыңлап елим, Қандай алғыс берер екен (Бердақ).
2. Ырза болыў, қанаатланыў, мақтаў билдириўши қол шаппатлаўлар.
Алғысына бөленип ата журттың, Услаттың бизге билимниң гилтин, Сизге тәжим етер хәр бир шәкиртиң, Қанша алғыслар айтсақ та аз, Бахытқа бөленип жүриңиз, устаз! (А.Сатбаев).
3. Үзликсиз мийнети ушын айтылған рәсмий хүрмет.
Алғыс жаўдырыў — көп алғыс айтыў, қайта-қайта алғыс айтыў.
Алғыс айтыў — миннетдаршылық билдириў.
Алғыс алыў — рахметке, мәрхаматқа ийе болыў, ардақланыў.
Алғыс алған асқар таўдан асарын, Жақсылардың жүреклерде жасарын (Ахмет).
Алғыс жәриялаў — рәсмий түрде марапатлаў түри.
Алғысқа бөлениў — ырзашылыққа, ықдасқа ийе болыў, рахмет алыў.
Алғыс сөз — ырзашылық, миннетдаршылық белгисин билдириў.
Соның менен бирге перзентиңиз марапат пенен алғыс сөзди еситкен сайын ел-халыққа пайдалы болыўға, жақсылық ислеўге асығып турады (газетадан).