⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АНА

Қарақалпақша

ат. 1. Баланың туўған апасы, шешеси. Ананың кеўли балада, баланың кеўли далада (ққ.х.н). 2. Елге сыйлы, жасы үлкен ҳаял. 3. аўысп. поэз. Негиз, түп, тамыр. Сөз анасы — қулақ, суў анасы — булақ, жол анасы — аяқ (шешенлик сөзлер). Ананың ақ сүти менен ант етиў — ўәде бериў, орынлаўға кепиллик бериў. Ана сүти аўзынан кетпеген — еле кишкене, жас, буўыны қатпаған. Ана сүти менен кирген — қанына сиңген, әдетке айланған, әбден қәлиплескен. Ана сүтин ақлаў — ырза етиў, исенимин ақлаў. Ана тили лингв. — а) ересеклердиң сөйлеўине еликлеў арқалы баланың тилди менгериўи, сол тилде сөйлеўи. б) Этностың (халық, миллет) өзи менен теңлестирилген тили. Бир анадан туўғандай — уқсас, егиз қозыдай. Ана-Ўатан — ўатанды образлы көркемлеп сүўретлеў. Олар ата-анаға жәрдем бергенде, зуўлап комбайндай пахта тергенде (И.Юсупов).
алм. Силтеў алмасығы, силтеп көрсетиў, анаў, сол.