⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АНАЛОГИЯ

Қарақалпақша

(грек. аналогия — сәйкеслик, муўапықлық, уқсаслық) 1. Филос. Нәрсе ҳәм ҳәдийселердиң қандай да бир қәсийетлериниң уқсаслығы. 2. Лог. Жуўмақ шығарыў формасы болып, бунда еки нәрсе, ҳәдийсе ортасындағы қандай да бир тәрепи уқсаслық, сәйкеслик тийкарында олардың уқсаслығы ҳәм басқа да тәреплери хакқында жуўмақ (нәтийже) шығарылады. 3. хуқық. Қандай да анық ҳәрекет нызамда өз сәўлелениўин таппаған қалда соған уқсас қәрекет (қәдийсе) ти нәзерде тутатуғын хуқықый норманы берилген ҳәрекетке қолланыў. 4. тил илими. Тил бирликлериниң өз ара қандай да бир мүнәсибет тәсиринде ўазыйпа ямаса басқа тәреплеринен уқсаслық, бир тәреплеме қосылыўы. Мыс: қара — фейилиниң еркин ямаса көмекши фейил қалында көр фейилине мәнилес болыўы: оқып көр — оқып қара.