⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АНТ

Қарақалпақша

ат. 1. Бир нәрсе менен исендириў аркалы берилетуғын ўәде, ықрар, лебиз, серт. Өтирикшиниң болмас анты-ийманы (Әжинияз). Мен ҳеш кашан сени алдамаўға қудайды ортаға салып ант етейин (Р.Тағор). 2. Ҳадаллыққа, заңға сәйкес ҳәрекет етиўге, қандай да бир миннетлемелерди орынлаўға салтанатлы рәсмий түрде берилетуғын ўәде.
р. Аңламастан, байқаўсыз.
р. 1. Қуран, нан сыяқлы кәраматлы, уллы нәрселерди ортаға қойып, биреўди исендириў ушын өәде бериў. 2. Сөз, өәде, серт. Өатанына ант етип, фронтка батыр жөнелди (Ә.Шамуратов). 0 Антын алыў — сертин, өәдесин алыў. Антын бузбаў — өәдесинде турыў, айтқанында, сөзинде турыў. Ант етиў — сөз бериў, өәде бериў, ант ишиў, серт етиў. Ант еттим мен сол ўақытта, Халық ушын жан аямасқа (Ж.Аймурзаев). Ант қылыў — төтепки жасаў, өайран қылыў. Ант ишиў — қуран, нан сыяқлы кәраматлы, уллы нәрселерди ортаға қойып, биреўди исендириў ушын өәде бериў. Ант урыў — оңбаў, айныў, алжыў, сөзинде турмаў. ... мәрт болған өәдеде турар, Сөзин бузғанды ант урар. Төрттиң бирине дийқан турар, Тең бөл деди. Айдос баба (Бердақ).