⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АНТРОПОЛОГИЯЛЫҚ МЕКТЕП

Қарақалпақша

(грекше, адам хаккында билим) Бул фольклористика хәм этнографияда пайда болған илимий мектеп. Тийкарғы өзгешелиги жәмийетлик-сиясий хәм мәдений жақтан бир-бирине жакынласпайтуғын, шығысы, этникасы жағынан узақта турған халықлардағы уқсаслықларды үйренеди. Ҳәр бир халық турмысындағы салт-дәстүр, фольклорындағы өзгешеликлер, дәстүрлер бир-бирине байланыссыз, өз алдына дөретилген деп пикир жүргизеди. Фольклористикада мифологиялық мектеп хәм көшпели сюжетлер қаққында теорияны бийкарлады. Тийкарын салыўшылар инглис илимпазы Эдвард Тейлор (1832—1917), Джеймс Фрезер (1854—1941) т.б. есапланады.