АПАСИҢЛИ
Қарақалпақша
ат. 1. Бир-бирине туўысқан ямаса туўысқанлық байланысы бар қаял адамлар.
Дүньяда өзи дийдарынан, әсиресе ағайин-туўысқан, дос-яран, аға-ини, апа-сиңли, ата-ана дийдарынан әзиз, қуўанышлы не бар? (газетадан).
Апа-сиңли, қарындаслар ийбели, Мәкан тутқан жери Байсын жийдели.
Шашлары қырқ өрим, түймели, Дүнья аналардан жаралған дейди (Қ.Дәўлетниязов).
2. Сыйласық, қаял-қызларға қарата айтылған қатнас жасаў мүнәсибет билдириў.
Үйде бос отырған апа-сиңли, аға-үкелерди Кегейли районына пахта жыйын-теримине мирәт етемиз (газетадан).