АПОСТРОФА
Қарақалпақша
(грек.
— шетлеў) 1. Стилистикалық усыллардың бир түри болып, гейде шайыр жансыз нәрсеге жанлы нәрседей, жоқ нәрсеге бардай қатнас жасаў.
Мыс: Бир келиппен келмей-келмей, Есигинди көрдим төрдей, Сенде мениң Әмиўимдей, Аш қушақты маған, Дунай (М.Сейтназаров).
2. Бар, қатнасып отырғанға қарата туўрыдан-туўры яки тиккелей қатнас жасалмай айтыў, пикир билдириў.