АППАРАТ
Қарақалпақша
(лат.
аррагаҫиз — таярлық, буйым, ускене) 1. Қандай да бир жумысты орынлаў ушын хызмет ететуғын әсбап, үскене, механизм ҳәм усы сыяқлылардың улыўма аты.
Телефон аппараты, Фото аппарат.
«Замин» халықаралық жәмийетлик фонды тәрепинен 200 дана еситиў аппараты менен тәмийинленеди (газетадан).
Жүрек гүрс-гүрс, шүйкилдейди аппарат, Тири болсаң тири тилде даңқ тарат, Импульс барма жатпа бийкар жалт қарап, Тилиң дүньялық тилге кириўи керек (А.Дәрменов).
2. физиол.
Белгили бир ўазыйпаны орынлаўшы ағзалар: Көриў аппараты, Дем алыў аппараты.
3. Басқарма яки хожалықтың қандай да бир тараўында хызмет ететуғын мәкемелер жыйынтығы, усы мәкеме хызметкерлери.
Мәмлекетлик аппарат, Басқарыў аппараты.