⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АППАҚ

Қарақалпақша

кел. 1. Қардай, ақ түсли, дым ақ, жүдә ақ. Реңине тәрип берип өтейин, Сары түсин жарық күнге теңейин, Аппақ реңин нуры дейин үйиңниң, Ал қарасын көзлериңе мензейин (У.Бижанова). Аппақ қарға асығып, алақанын тутады, Оннан сайын мәс қылып, Жапалақлап жаўады (Д.Оразов). 2. Пәкизе, таза, гирбиңсиз, кирсиз, гүнасыз, кеўилинде кири жоқ. Киши менен кишидей, Үлкен менен үлкендей. Ашқан аппақ жүреғин, Тәсил-пәсил бүркемей (Т.Жумамуратов). Сени мегзетемен — Қарақалпағым, Қәлби аппақ нәрестеғе саўдырақ, Сумлығы жоқ айтып сөздиң анығын, Туратуғын еки көзи жаўдырап (Ақшолпан Аманияз). 3. Еркелетиў, марапатлаў, ғирбиңсиз, таза, пәк мәнисинде. Айланайын аппағымаў, Қозы жүнли қалпағым, Журт сүймесе сүймесин, Өзим сүйген аппағым (ққ.х.с.ж.). Ғарға сүйер баласын аппағым деп, Кирпи сүйер баласын жумсағым деп (нақыл). Аппақ қуўдай — 1. Боп-боз, жүзинде бир тамшы қаны жоқ; 2. Толық ағарып кеткен.