⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРАБ

Қарақалпақша

ц. арап. 1. Азияның Парсы қолтығы менен Жер Орта теңизи арасы бөлиминде Африкада жасаўшы, сомий тиллериниң биринде сөйлесиўши халық, миллет аты, араб еллериндеги халықлардың жалпы аталыўы, сол халықлардың ўәкили. 2. Усы халыққа (миллет) тийисли (шахс, мәмлекет ҳәм т.б.). Араб алфавити — араб хәрип таңбалары жыйынтығы. Араб ҳәриплери — араб тилиндеги сеслерди белгилеў ушын алынған таңбалар. Араб жазыўы — Әййемги Вавилондағы аккад, шумер тайпаларының жазба ҳәриплери негизинде пайда болған ески жазыўы. Араб тили — семит-хамит тиллер семьясының семит тиллер топарына киретуғын тил. Араб цифры (санлары) — математикалық таңба.