АРАЗ
Қарақалпақша
(араб тилинен — бийкарлаў; терис қараў) Айыплап, гүнәкарлап, гийне сақлап сөйлеспеў, байланыс жасамаў халаты, татыў емес.
Мақсетиң араға от салып, араз қылмақ ушын сөз таўып жүрсең («Мәспатша»).
Ашыў — араз, ақыл — дос (нақыл).
Көрсетип хүрмет үлкенге, Иззетти жақсы еткенге, Араз болып көп кеткенге, Мүриўбетлик байрам келди (У.Тажимуратова).