АРЕАЛ
Қарақалпақша
1. Өсимлик яки хайўанлардын қандай да бир түри, отряды яки туқымласы тарқалған аймақ.
2. геог.
Картада ўақыя ҳәм ҳәдийселерди сүўретлеў усылы.
Олардың шегарасы үзликсиз сызық, рең яки штрих пенен көрсетиледи, гейде А ишине белгилер қойылыўы ямаса түсиник берилиўи мүмкин.
Бул усылдан геоботаник, зоогеографик, экономикалық карталар ҳ.т.б пайдаланады.
3. Тил қубылыслары — фонетикалық, лексикалық ҳ.т.б кубылыслар тарқалған жер, лингвистикалық ареал.
Ареал атамалар — бир түрдеги географиялық термин ямаса топоформант (топоним жасаўшы қосымта) жәрдеминде жасалған топонимлер тарқалған аймақлар: — абад — Гүлабад, Дийқанабад, Халқабад, — кент — Ташкент, Паркент, — төбе — Қараўылтөбе, Ақтөбе т.б.
Ареал лингвистика — 1) Тил билиминиң лингвистикалық ареалларды изертлеў менен шуғылланыўшы тараўы.
2) Тил илиминде лингвистикалық ареалларды изертлеўде айрықша итибар бериўши бағдар.