⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРШЫЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Қабығынан тазалаў, қыршыў, алыў. Ымысын шабақларды аршып тазалағанша, Шәжим бир қепшик жүўерини қоңсысынды дигирманына барып майдалап тартып келди (Қ.Досанов). 2. аўыс. Кеўил кирин кетириў, өкпе-гийнени жазыў, кеўил алыў. Әжинияз әкесиниң бопсасы менен өкпесин аршыў ушын жымыйып күлди (К.Султанов). 3. аўыс. Қайта қозғаў, қопарыў. Басын аршып алыў — бәледен, гинадан ақланыў, бойын аўлақ салыў.