⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АРЫС

Қарақалпақша

ат. 1. Арбаның еки қапталының узын ағашы, арбаны атқа, өгизге т. б. жегиўде ең керекли жакдаў ағашы. Арбаның қасында қалған баспашылар адамларды тегис байлап болған соң, атларды арыстан шешип алды. (К.Султанов). Сығаскан көп арба. Арбаға байлаўлы, ертлеўли, өгиз сыйыр, жылқы еки-үштен ҳәр арбаның арысына байланған (К.Султанов). 2. аўыс. Бир қапталы, бир жағы, теңбе-тең, аўырлықты тең тартыўшы, қайғыны, қуўанышты тең бөлисетуғын адамның биреўи, ер адам, азамат. Еки арыстың бирисең, арбаны тең тартасаң, — деди Асқар сөзди кесип («Әмиўдәрья» ж.). 3. Үйдиң төбесин жапқанда қолланылатуғын көлденең, бел ағаш.
ат. 1. Урыўлық бир тайпаны қурайтуғын аталар, тийре. 2. тарийх. Тайпалық өз ара жақын урыўлар бирлеспеси. Пәлекениң туўысқан дайысы қарақалпақтың он төрт урыў арысының қытайының куйын тийресинен еди (А.Бегимов). Еки арыс — ерли-зайыплы, жубай.