АСКИЯ
Қарақалпақша
(арабша зийреклик, тапқыр) 1. Өзбек халық дөретпелериниң бир жанры болып, онда сөз ойынына, астарлы сөзлерге тийкарланған еки ямаса оннан артық адам я болмаса тәреплер жарысады.
А.
әдетте той-тамаша, сейил, зыяпат сыяклы жыйынларда өткериледи.
Аския айтысыў — 1. жарыста қатнасыў.
2. Сөз ойыны, астарлы сөзлер менен масқаралаў, мазақ етиў.