⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АСТЫ

Қарақалпақша

р. Төмен, асты бети, төмен тәрепи. Көрпе астында ҳаўа жетиспей буўлығып, еки ийнинен зорға-зорға дем алып жатыр. (Т.Қайыпбергенов). Себеби Гүлим менен Әмет екэўиниң ара-тура көз астынан бир-бирине нәзерлесиўи Қуўанышбай ағаны гүманландырайын деди (Т.Қайыпбергенов). Апай көз әйнегин кийди де, дастығының астынан китабын алып оқый баслады... (Г.Есемуратова). 0 астына көпшик қойды — мақтады; жалпылдады, жарамсақланды.