⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АСЫҒЫЎ

Қарақалпақша

ф. Гөзленген истиң, мақсеттиң тез әмелге асыўы ушын умтылыў, сабырсызлық пенен ҳәрекет етиў; тез ислеў, жылдамлатыў, тезлетиў, шаққанлатыў. Жумабай паданың изинен асығып кетти. (Т.Қайыпбергенов.) 0 Асығып-үсигиў — қалай болса, солай, тез-тез, шаққан, ғапыр-гүпир. Йолшыға итибар берместен асығып-үсигип сөйлей баслады (Айбек). Асыққанда ләббай табылмаў — асыққанда яқшы деўши болмаў. Асыққанда ләббай табылмас (ққ.х.н.) Асыққанда күн өтпеў — қ. ўақыт өтпеў. Асыққанда күн өтеме, үш күннен кейин келди (Ө.Айжанов).