АСҚАР
Қарақалпақша
кел. 1. Бийик, зәўлим, бәлент.
Қарамындай асқар таўдың, Әрман зили белге түсти (И.Юсупов).
2. ат. Таў, шың.
3. аўыс. Қыиыншылық, аўырманшылық, салмақ, аўыр жүк, қайғы-нәпес.
Асып өтиң талай гүрес асқарын, Изинде көп жаңа әўлад жасларың (И.Юсупов).
3. Адамның аты, меншикли аты, исми.
Асқар қоянларға уя дүзетти («Жеткиншек» г.) Асқар таў — тирениш, сүйениш.
Асқар таў, шалқар көл — алыс, қыйын — қыстаў, узақ сапар.