АШЫҚ I
Қарақалпақша
кел. 1. Гирбинсиз, таза, тынық, кирсиз.
Аспан ашық, асықтай булт жоқ, ҳаўадағы шарбы яңлы ақ бултлар байраққа шабылған атлардай изли-изинен өтип атыр (А.Бегимов).
2. Анық, қақыйқат, нақма-нақ.
Бундай ашық гәп айтылады деп ойламаған Жумабайға айрықша йош енип, бир аяғының майыплығын биротала умытты (Т.Қайыпбергенов).
0 Ашық жүзли — жүзи адамға ысык, түри-түси жағымлы, жарқын.
Столдың аржағында ашық жүзли, кең маңдайлы, шашын оң жағына қаратып тараған узын бойлы қәм арықтан келген бир адам отыр (Сейтеков).
Ашық кеўил — кеўли ашық, минези ашық, жақсы, кеўлинде кир жоқ.
Ашық кеўил атқан таңдай, Рус қызы — мәрт келиншек (И.Юсупов).