⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

АҒАБЕГЛЕР

Қарақалпақша

ат. Жасы үлкен, жасы кишилер, хүрметли отағасылар, халайықлар, ел-журтлар, жасы үлкен, жасы киши яр-дослар. — Әне аға-беглер, ендиги гәп сизлерден (Қ.Аралбаев). Өзиңизлики болса дейсең, Аға-беглер барып көрсең (Әтеш шайыр). Аға-беглер, тартса жат журтқа несип, Душпанлар қуўанар көкейин кесип (Бердақ). Аға-беглер сыртым пүтин, ишим жанып болды түтин, Асырып залым өзиниң хәддин. Ҳеш бир рәҳим қылған емес (Бердақ). Аға-беглер тыңдасаң сөз. Мен сорлыға салыңлар көз, Жигирма тоғыз ҳәм отыз. Келген, келгинди өмирим (Бердақ).