АҚЫЛЛЫЛЫҚ
Қарақалпақша
ат. Естилик, ақылы барлық, еси пүтинлилик, парасаттылық.
Бул романдағы ҳаяллар образы өзлериниң ақыллылығы, оқыплылығы, батыр, мәрттиги, қайтпас жигерлилиги жағынан еркеклерден кем емес, қайта зият қылып сүреттелген (И.Сағитов).
Қыздың бундай ақыллылық пенен шешкенине үшеўи де қайран қалып, қыздың сөзин мақул көриседи (Қ.Айымбетов).