АҢ II
Қарақалпақша
Ети хәм териси ушын аўланатуғын дүз яғный жабайы қуслар ҳәм хайўанлар.
Жартысы жанған көсеўлер жыртқыш аңлардан қорғаныўда курал болды (Б.Бекниязова).
Аң алыў — үйретилген қустың, тазы ийттиң аң услаўы.
Аң аўлаў — белгили тәсил менен аң услаў, аңды қолға түсириў.
Аңға шығыў — аң аўлайтуғын қурал-сайман менен қуралланып, күнкөрис мақсетинде ямаса дем алыс т.б.
ушын аңшылық етиў.
Аң баспаса, жан баспаған (жер) — адам аяғы жетпеген.
Көктеги қус, жердеги аң — барлық қуслар менен жаныўарлар.