АҢҚЫЎ
Қарақалпақша
ф. Ийислениў, ийиси күшейип кетиў, ийисли, ийиси шығыў, ийиси бурқыраў, ийиси дөгерекке жайылыў.
Арқадан ескен өлпең желден жуўсан ийиси аңқыйды (Сейтов).
Аңқыған хош ийис — ийисли, ийиси күшли, ийиси бурқыраған.
Жерлери аңқыған хош ийисли гүлдей, Басыңнан дәураның тайды Көк өзек (Әтеш).