БАЎ I
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсени бекитетуғын, байлайтуғын, бәнт етиўши жип ямаса басқа бир зат.
Ғапыллықта баўы үзилип түсип кетти («Мәспатша»).
Оның көзиндеги жиптен баўы бар көзәйнеги еле есимде (Қ.Айымбетов).
Бәри де малақайларының қулағын түсирип, баўларын байлап алған (Т.Қайыпбергенов).
2. Кийиз бенен жабылған үйдиң кийизлериниң ҳәр бир мүйешин бир-бири менен тутастырыў ушын үйдиң сыртынан ҳәм ишинен тартып байланатуғын жип.
Гүмбирлеген ақ отаўға тағылған түймели төрт баў салбырап жарасып тур (С.Хожаниязов).
Жигит орнынан түргелип қабақтың мойнынан түнликтиң баўын байлап, қабақты шаңарақтан ишке қарап жиберип жиптиң ушын услап, ... (ққ.х.е.).
0 Баўы берк болыў — саў болыў, аман болыў, көбинесе жас бала туўылғанда қутлы болсын, өмири узақ болсын деп тилек билдиргенде айтылатуғын сөз.
Әй шырақларым, мынаў баламның баўы берк болсын, — деди Назлы кемпир (К.Султанов).
... ақлық балаңның баўы берк болсын, шешежан, — деп Сәлийма суўқылдап сөйлей берди (К.Султанов).
— Назаржан, қызалақлы болыпсаң, баўы берк болсын, — деди және Бәниў (О.Әбдирахманов).