БАЎДАЙ
Қарақалпақша
кел. бир баў шамасында, баў сыяқлы, баўға усаған, баў тақлетли.
түстен кейин балалар бир баўдай шыбық алып келди (қ.айымбетов).
баўдай түсиў - а) бир нәрсени ислеп жапырып таслаў.
көзи бақаншақтай, он бир-он еки жастағы қара бала алыстағы қатарласып турған генейлерди қолындағы сақа менен баўдай түсирип тур еди (к.султанов).
б) қырыў, өлтириў, тоз-тоз етиў.
қоңыраттың аўыллары үстиндеги болған қатаң урыста олардың талайы баўдай-баўдай түсти (т.қайыпбергенов).
суртайшаны өлтирип, баўдай басын түсирди («қырқ қыз»).