БАЎЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. орылған егинди, от-шөпти ҳәм тағы басқа сол сыяқлы затларды баў-баў етип байлаў.
жоқ мәкке де пишендей етип баўлап алынады (ә.тәжимуратов).
2. бир нәрсени ислеп, жапырып таслаў.
3. қырыў, өлтириў, тоз-тоз етиў, өзине қаратыў, бағындырыў.
...мине соның менен саятхан бир неше қызларды да баўлап өз кушағына алды (а.бегимов).
айдос атлы атамды, бегис, мыржық ағамды, қызыл гүлдей баўладым (бердақ).
бекмураттың ҳәм оның мыңлаған жолдасларының оғы менен пишендей баўлайды (ж.аймурзаев).