⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

БАЎЫЗЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. көбинесе жанлы-жаныўарлардың мойнынан, тамағынан, алқымынан, кегирдегиниң түбинен сойыў, кесиў, шалыў. ... жаңағы текеден басқасының ҳәммесин де баўызлады (х.е.). қырғаўылды баўызлап көтерип турғанын көрген мурап уялып қалды (ж.аймурзаев). алқымыңнан баўызлап, ишейин бе қаныңды (бердақ). 2. сойылған малдан бир асымдай етип гөштен қолызлық алыў. басқа биреў келип қалмастан бурын барып сойып, баўызлаў алғаны өзине пайда (т.қайыпбергенов). пахта менен баўызлаў — астарлы сөз бенен жеңиў. кемпир бул жаббакларды жуўақлық пенен ҳәр түрли нәрсе айтып пахта менен баўызлады (б.қербабаев).