БАЎЫР I
Қарақалпақша
ат. барлық адамзатлар менен жанлы-жаныўарларда болатуғын, өтти бөлип шығарыўшы ишки организмдеги ең үлкен без, мүше.
ретинол сары реңли палыз өнимлеринде, хайўанлардың баўырында болады (газетадан).
шылбыр емес буйдаң аўыр, қуртлар жеген қатпа баўыр, өзиң арық, арқаң жаўыр, туўғанынды билесең бе? (күнхожа).
излей-излей өзинди, қалжырап тур баўырым («қырқ қыз»).
итибаровқа баўырының астында бир нәрсе бардай сезиледи (м.нызанов).
тас баўыр - қатты, сықмар, беккем адам, шыдамлы адам.
ой ақылсыз палўан-ай, сен жәмийладан емес, балаңнан да бездиң ғой.
мынаўын журттан асқан тас баўырлық, емес пе? (ө.айжанов).
баўыр қәде — қуда шақырықта үрдиске айланған дәстүр.
кейинги ўақытларда қуда шақырықта «баўыр қәде»ни келинлер алады (газетадан).