БАЎЫРЛАЎ
Қарақалпақша
ф. 1. Адамның ҳәмме жанлы-жаныўарлардың баўырын жерге берип жатыўы, жүриўи.
Бизлер баўырлап барсақ баспашыдан қашқан өзимиздиң Полат екен (Н.Дәўқараев).
...ол баўырлап жата қалды (А.Бегимов).
2. Бирэўди биреў баўырына алыў, қысыў, сүйиў.
Ярымды баўырлап қушып жатпаға, Бизден ҳәм бес бетер сәўер яр етти (А.Дабылов).
Назлы кемпир еки бүкленип ақлығы Әскербайды баўырлап үйге киреди (К.Султанов).
0 Жер баўырлаў — баўырын жерге берип, ет бетинен жатыў.
Қорыққаным сонша, дәрриў аяғына жығылып, жер баўырлап «өлтирме» деп жалындым (А.Бекимбетов).
...мийим айланып, аўыр қайғыда белим мертилгендей жер баўырлап жығылдым (А.Бекимбетов).